/
Author: Пахратдинов К. Сейтназарова И.
Tags: қарақалпақ тілі түркі тілдері тіл білімі
ISBN: 978-9943-346-57-4
Year: 2010
Text
Қ. Пахратдинов, И. СейтназароваҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕГИСӨЗ ЖАСАЎШЫ
АФФИКСЛЕР
Қ. Пахратдинов, И. СейтназароваҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕГИСӨЗ ЖАСАЎШЫ
АФФИКСЛЕРЛам. Р0'W!ОХ jZ^ ^1ТС*КИС« Қарақалпақстан»yvofК -2010fa, iiUt,
Пахратдинов Қ., Сейтиазарова И. Қарақалпақ тилиндеги сөз
жасаўшы аффикслер. Некие, «Қарақалпақстан», 2010. 36 бет.Китапта қарақалпақ тил билиминде аз изертленилген
мәселелердиц бири - сөз жасаўшы аффикслер, олардьщ мэнилери
ҳәм хызметлери сөз етиледи.Китап улыўма билим беретуғын мектеп муғаплимлерине,
жоқары оқыў орны оқытыўшылары менен студентлерине, илимий
хызметкерлерге арналған.ISBN - 978 - 9943 - 346 - 57 - 4
© «Қарақалпақстан» - 2010
Алғы сөзҲәзирги қаракалпақ тилинде жаца сөзлер аффиксация (түбир
сөзге сөз жасаўшы аффикслердиц жалғаныўы), композиция
(сөзлердиц өз ара дизбеклесиўи, жупласыўы, биришўи) ҳэм лексика-
семантикалық (сөзлердиц тек мэнисиниц езгериўи) усыллар менен
жасалады.Сөз жасаўдыц аффиксация усылы - талде жүдә ертеден
киятырған ец бир өнимли усыллардыц бири. Айырым әдебиятларда
аффиксация усылы морфологияльщ усыл деп те қаралады. Аффикслер
жәрдемикде сөз жасаў усылын морфологияльщ усыл деп атаўда
аффикслердиц морфема екени, ал морфеманыц болса морфологиялык
бирлик екени нәзерде тутылған. Бул жағынан аффиксация усылын
морфологияльщ усыл деп атаў дурыстай көринеди Бирақ, сөз
жасаўшы барлық аффикслер ҳәм олар менен байланыслы қубыльюлар
морфологияныц изертлеў объекти бола бермейди. Сондай-ақ.
олардыц ҳәммеси де морфологияльж бирлик емес. Сөз жасаўшы
аффикслер тил билиминиц «Сөз жасалыў» деп аталатуғын арнаўлы
тараўында үйрениледи. Сонлықтан, сөз жасаўшы аффикслерди
морфология менен байланыстырып, олар жәрдеминде сөз жасаў
усылын морфологияльщусыл деп атаў жетерли дәлил бола алмайды.Аффиксация усылы менен белгили бир түбирге ямаса сөзге
аффикслердиц жалғаныўы арқалы жаца мәнидеги сөзлер жасалады.
Сөз жасаўшы аффикслер гейде бир сөз шакабыкдағы сөзлерди басқа
сөз шақабына айналдырады: өп-өним, сщыл-сщыллы, бас-басла,
пүткил-пүткиллей ҳәм т.б.Сөз жасаўшы аффикслер түбирге ямаса тийкарға жаца мәни
бериў менен бирге, сол сөзлерге ҳәр қыйлы стильлик өзгешеликлер
жүклеўи де мүмкин. Мәселен, сөз жасаўшы айырым аффикслер бир-
бирине синоним, антоним болып келип жацадан пайда болған
сөзлердиц мэнилерине аньгқлық киргизеди, терецлестиреди ямаса-з-
оларға қандай да бир қосымша стильлик мәни береди. Сонлықтан, сөз
жасаўшы аффикслерди тилде қалай болса солай қоллана бериўге
болмайды.Сөз жасаўшы аффикслер тилимиздиц сөзлик фондын байытыўда,
жацадан сөз жасаўда үлкен хызмет атқарады. Сонлыктан, сөз
жасаўшы аффикслерди терецирек үйрениў, олардыц ҳэр кыйлы
мәнилерии анықлаў үлкен әҳмийетке ийе.Ҳәзирги қаракалпак әдебий тилинде сөз жасаўшы аффикслер көп.
Бирак, олардыц сөз жасаў дэрежеси бир қыйлы емес. Гейпара
аффикслер жүдә өнимли, олар ҳәзирги тилде көп мугдарда жаца
сөзлер жасайды. Бундай аффикслер өнймли аффикслер деп аталады.
Айырым аффикслердиц сөз жасаў ўазыйпасы шекленген, яғный жүдә
аз мугдарда жаца сөз жасайды. Бундай аффикслер өнимсиз аффикслер
деп аталады. Ал, бир катар аффикслер жәрдеминде көп мугдарда
сөзлер жасалған, бирақ ҳәзирги ўақыпа слар өзиниц сөз жасаў
ўазыйпасын биротала токтаткан.Ҳәзирги қарақалиак тилиндеги сөз жасаўшы аффикслер ҳақкында
сөз барғанда, жэне бир нәрсеге айырықша итибар бериў керек
болады. Ол да болса, басқа тилден өзлескен сөз жасаўшы аффикслер
мәселеси. Ҳәзирги каракалпақ тилинде басқа тилге тән сөз жасаўшы
аффикслер де ушырасады. Бирақ, олардыц ҳәммесин каракалпак
тилиниц сөз жасаўшы аффикслери қатарына қосыў мүмкин емес.
Басқа тилге тән сөз жасаўшы аффикслердиц қарақалдақ тилинкц сөз
жасаўшы аффикси болыў-болмаўын бир белги тийкарында шешиў
мүмкин, яғный олар қарақаппақ тилыниц өзинде сөз жасаў қәсийетине
ийе болса, ол жағдайда қарақалпақ тилиниц де сез жасаўшы аффикси
есапланады. Егер баска тилге тэн еөз жасаўшы аффикс каракалпак
тилинде жаца сөзлерди жасамайтугын болса, ол қарақалпақ тилиниц
сөз жасаўшы аффикси есапланбайды.Соцгы дәўирде қаракалпақ тилиниц сөз жасалыў системасында
сөз жасаўшы айырым аффикслердиц өнимлилиги әдеўир артты.-4-
Олардыц өнимли қолланыла баслаўына. биринши гезекте русша хәм
интернационал сөзлерди дүзилиси бойынша калькалаў себепши
болды. Соныц нәтийжесииде тилимизде жаца мәнидеги көплеген
дөренди сөзлер пайда болды.Аффиксация усылы арқалы ҳәзирги қарақалпақ тилинде атлық,
келбетлик, фейил ҳэм рәўишлер жасалады. Алмасыклар - басқа сөз
шақапларыныц орнында қолланылатуғын сөзлер. Сол себепли, сөз
жасаў алмасықлар ушын характерли емес. Қарақалпак тклинде
санлық сөз шакабында жекке лексема есапланатуғын жигирма еки сез
бар: бир, еки, үш, төрт, бес, алты, жети, сегиз, тогыз, ои, жигирма,
отыз, қырыц, елиў, алпыс, жетшс, сексен, тоцсан, жүз, мьщ,
миллион, мшлиард. Бул санақ санлықларға санлықтыц форма
жасаўшы -ыншы//-гтит, -ау//-еў, -лаган// -леген сыяқлы аффикслери
жалғаныўы менен жаца санлык сөз пайда болмайды, ал санлықгыц
баска мәнилик түрлери жасалады: -ытиы// -иниш аффикси аркалы
қатарлық санлықлар, -аў//~еў аффикси арқалы жыйнақлаў
санлықлары, -лаган//-леген аффикси жәрдеминде шамалық санлықлар
жасалады.Атлық жасаўшы аффикслерҲәзирги қарақалпақ әдебий тилинде атлық жасаўшы
аффикслердиц саны оғада көп. Бирак, олардыц тилимизде
колланылыў жағдайы бирдей емес: айырым аффикслер жүдә өнимли
ҳэм кец қолланылады, базы биреўлери болса санаўлы муғдардағы
атлықларды жасайды, ал баска бир қатар аффикслер сөз жасаў
ўазыйпасын пүткиллей тоқтатқан.-шы//-ши аффикси. Бул аффикстиц бир өзгешелиги: ол
көбинесе не? сораўына жуўап беретуғын сөзлерге жалғанып, ким?
деген сораўға жуўап беретуғын сөзлерди пайда етеди. Оныц
жәрдеминде қарақалпақ тилиниц өз сөзлеринен де, сондай-ақ
өзлестирме сезлерден де жүдә көплеп сөзлер жасалған ҳәм хәзир де
жаца-жаца сөзлер жасалып атыр. Ҳәзирги ўакытта -шы//-ши
аффиксиниц мәниси ҳәм хызмети анык белгиленди. Оньщ жэрдеми
нәтийжесинде ҳәзирги қарақалпак тилинде төмендегидей типтеги
атлықлар жасалады.1. Белгили бир кәсип ийелерин ямаса сол кәсиптин тараўлары,
түрлери менен шуғылланагуғын адамды билдирстуғын атлықлар
жасалады.а) Спорттыц қандай да бир түри менен шуғылланыўшы адамды
ацлатады: футболшы, шахматшы, боксшы, гүресиш ҳәм т.б. Бул
типтеги сөз жасалыўы жүдә өнимли.ә) Белгили бир илим тараўындағы қәнигени билдирип келеди:
тарийхшы, әдебиятшы, тклши, фолъклоршы, шыгыстаныўшы ҳәм
т.б. Ҳәзир бул типтеги сөз жасаў енимлилиги көринбейди.б) Әскерий хызметте ислейтуғын адамды билдиреди: гвардшшы,
шегарашы, тецизши, автоматшы, десантшы ҳәм т.б.в) Қурылыс тараўында ислейтуғын адамды ацлатады:
цурылысшы, бетоншы.г) Саўда ислери менен шуғылланыўшыларды билдиреди:
буфетши, дүканшы, базаршы, пиязгиы, майшы ҳәм т.б.д) Шарўашылық тараўында ислейтуғын адамды билдиреди:
цойшы, падашы, жътцышы, сауыншы. Ьул типтеги атлықлар көп
емес.е) Аўыл хожалығы қәнигесин биддирип келеди: суўшы,
колхозшы, пахташы. Бул типтеги атлықлар да аз.ж) Коркем өнер ийелерин ацлатады: косъщшы, ойыншы,
сүўретши, мүсинши, дуўтаршы, цобызшы, дәпиш, гиржетт ҳәм т.б.з) Қандай да бир өнер менен шуғылланыўшы адамды ацлатып
келеди: арбагиы (арба соғатуғын адам), малакайты, сыньщшы,
темиршм, дуўпгаршы (дуўтар соғатуғын адам), етикгии, сандъщшы,
машыншы (кийим тигетуғын адам), бесикши (бесик соғатуғын адам)ҲӘМ т.б.и) Санаат тараўында ислейтуғын адамды билдиреди: нефтъши,
газшы. Бул типте жаца сөз жасаў дерлик жок.й) Техника ҳәм басқа да мийнет қураллары менен жумыс
ислеўши адамды билдиреди: тракторшы, комбайншы,
эксковаторшы, кетпениш, ескекши ҳәм т.б.к) Белгили бир лаўазымда ямаса хызметте ислейтугын адамды
ацлатын келеди: басшы, хызметши, жэрделпии, есапшы, тэрбъшшы,
нәўбетиш, көиекша, исши, жумысшы, кецесши, сыншы, мәсләҳәтши,
сиясатшы, дэриханагиы, китапханашы ҳзм т.б.2. Белгили бир жерде, орында жасаўшы адамды билдиретугын
атлыкларды жасайды: кеггйлиши. қазацдәрьяшы, мойнсщгиы,
халқабадшы, хожелиши, нөкисши.3. Белгили бир сиясий-жәмийетлик агымнын, ҳәрекеттин,
жәмийеттиц, шөлкемниц гәрепдарык, соган тийисли адамды
билдиретугын атлыкларды жасайды: терроршы, оппозицияшы,
данамошы ҳәм т.б. Бул типтеги сөзлер рус тилиндеги усы типтеги
сөзлерди өзлестириў нәтийжесинде жүзеге келген.4) Адамныц қандай да бир қәсийетлерин, минезин, қылықларын
билдиретугын атлықларды жасайды: өтиртши, өсекши, жынаятшы,
урлъщшы, көкнаршы ҳәм т.б.-ЛЫЦ//-ЛШ аффикси. Бул аффикс ҳэр кыйлы түбир ҳәм
тийкарларга жалганып, төмендеги мәнилерде қолланылады:1) Белгили бир орынды билдиреди: цаиысльщ, ҳумлык, шецгеллик,
торац&ыллъщ, ҳургацпьщ, батпақпьщ, бийиклик, жагалық, далалыц
ҳәм т.б. Соныц менен бирге, онда көплик мәни де билдириледи.1
Мысаллар: Жан-жақ бинәй өмиринде балта тиймеген жыцгыллъщ,
қарабарақльщ сексеўиллик (Ш.Сейтов). Усы мәҳэлде дэрьяньщНасыровД.С. Қаракалпақтилинде көплик категорияск. Некие, 1961,32 - 33-бет-лер;
Оразьшбетов А. Выргшсение значения числа в каракалпакском языке. АКД. Нукус, 1997,
16-бет.-7-
жағасындағы пишенпиктгщ арасы менен эллекимиин сыпылдаи
жүрип киятырған аяк сести еситидди (К.Султанов).2) Сиясий-жәмийетлик турмысқа, экономика ҳәм мәдениятка
байпаныслы түсиниклерди ацлатады: руўхыйлъщ, акционерлик,
фермерлик, бапкротлъщ исбилерменлик, экстремистлик,
т еррористлик.3) Қандай да бир предметтиц атьш билдиреди: беллик, аўызлык,
мурынлык, матык, дузльщ, орынлъщ ҳәм т.б.4) Адамныц кеўил күйин, турмыс жағдайларын билдиретугын
атлыкларды пайда етеди: шадлыц, ашлъщ, мэслик, жарлылыц,
капалъщ, байлъщ сабырлылыҳ, шоклык, шыдалтылық, әззилик,
батырлык, сатцынлык.5) Ўақытты билдиреди: түслик.6) Адамныц минези ҳәм қәсийетлерин ацлататуғын атлыкларды
жасайды: мацтаншсщлъщ, жөгилик, ҳадаллъщ, кишипейшчик,
цызганшацлъщ, цорцацлыц, ашкөзлик, теитеклик, сацыйлыц,
жаўызлъщ, мэртлик, ерлик..7) Белгили бир кәсип, атақ ямаса лаўазымды билдиретугын
атлыкларды жасайды: агрономлъщ, артистлик, инженерлик, врачлық,
директорлъи^ министрлик, ханльщ, патшалыц, басльщ,
президентлик, бийлик, аспазльщ, зергерлик. Бул типгеги сөзлер көп
мугдарды қурайды.8) Ҳэр қыйлы акша бирликлерин билдиреди: беслик; онльщ,
елиўлик, жүзлик, мыцлъщ.9) Поэзиядагы косықтыц түрин ацлатады: төртлик, сегизлик.10) Адам өмириниц айырым дәўирлерин, оныц физикалық
жагдайьш, жасын билдирип келеди: балалыц, жаслыц, жигитлак,
гаррылъщ, студептлик. Бул типтеги сөзлер көп емес.11) Жэмийетлик дүзимди билдиретугын атлыкларды жасайды:
урыўлыц, цуллык, мусылманлыц, суўпылъщ, ийшатыц ҳәм т.б.
12) Бир илимre тән түсиниклерди билдиреди: атлъщ сатьщ,
көшик, үтеслик, тезлик ҳәм т. б.13) Муғдар, өлшем, кецислик, салмак ҳәм мөлшерди ацлатып
келеди: азяық, аўырлыц, узынлык, семизлик, жециплик, кещак,
терещик, шуқырлык.14) Окыў қолланбалары атларын жасайды: сабацлық, оцыўлық,
сөзлик.15) 1әбият қубылысларын билдиретугьин атлыкларды жасайды:
жщтычыц, қарацгылыц, ыссътык, жыплычык, суўыщык ҳәм т. б.Рус тилинен калька усылы менен өзлестириў процесинде де
-лъщ//-лик аффикси жәрдемивде жасалган көп гана атлықлар жүзеге
келди: ҳәптелик, бес э/сьплык, шембшшк ҳәм т. б. -лыц//~лик аффикси келбетлик жасаў ўазыйпасыка да ийе (20-
бетти қарацыз).-шьтык//-штик аффикс и. Бул аффикс дүзилиси жағынан
коспа аффикс, яғный ол конкрет аглық жасаўшы -шы//-ши қэм
абстракт атлық жасаўшы -лыц//~лук аффикслериниц биригиўинен
пайда болған-шылыц//-штик аффикси жениқде мына жагдайды айырықша
айгып кетмуге туўра келеди: егер -шылыц//-шгишк аффиксин ~шы1/
-ши ҳәм -лық// -лик элеменглерине ажыратыўға болмаса, бул
жағдайда оны пүтин бир аффикс деп қараўымыз керек. Мәселен,
шарўа-шылыц, пахта-шылыц, абадан-шылыц, тоц-шыльщ ҳәм т.б.
Егер -ьиылық// -шгтик аффиксин еки элеменгке, яғный -шы//-иш ҳэм
-лыц//-лш деп ажыратыўга болатуғын болса, бул жағдайда екеўи өз
адцына бөлек-бөлек аффикслер есапланады. Мәселен, бстыц-шы-лык,
етик-ши-лик, темир-ши-лик ҳәм т.б.-шылъщ//-шгаш аффикси төмендеги мзншюрде кец колланылады:1) Белгили бир тараўдьщ атларын билдиреди: дгааатиыпыц,
пахташылыц, шарўашылык, жыраўшылыҳ, бақсышылық,
мугаллимлиилик ҳәм т.б.-9-
2) Адамлардыц кеўил күйин, турмыс жағдайларын билдиреди:
токшылыц, жоқшылыц, ашаршыльщ, капашылық, ҳудашылыц. адам-
шылыц, жуўапкершилик, абаданшылъщ наразышылыц.3) Диний түсиниклердиц атьш билдиреди: моллашылык,
мусылмаи-шылъщ.4) Ҳәр қыйлы белгилердиц атын билдиреди: цыйытиылыц,
көтшитк, цымбатшылыц, арзаншылыц.5) Жыйнаклаў мәнисин билдиреди: жэмийгтшилик.Ҳәзирги каракалпак тилинде лэмгершилпк, адатершилик, салы-
гершилик, жаўгершилик сыяклы сөзлер колланылады. Бундай
сөзлердин. -ишлик аффиксинек калған бәлеги өзинше
қолланыл майды, яғный қаракалпақ тилинде лэмгер, адамгер, салыгер,
жаўгер сөзлери жок. Соған қарағанда, -гершжик ез алдына бир
аффикстей көринеди. Бирак, карақалпақ тилинде сез жасаўшы бундай
морфема, яғиый -гершилик морфемасы жок.*4 .Сөйлеў тилинде, сондай-ақ айырым жазба дереклерде де
келиспеўшилик,жетиспеўшшпк, баршыльщ сыяқлы сөзлердиц
-шыльщ1/ -шгишк аффикси менен колланылыў жағдайы да
ушырасады. Бул жағдайды ҳәзирги каракалпак; әдебий тилиниц көз
қарасынан, ~шылъщ'/-шилик аффиксиниц артықша колланылыўы деп
баҳалаў керек.-лас//-лес а ф ф и к е и. Бул аффикс бир нәрсеге ортақлас,
шериклес адамды бнлдчретуғын атлыкларды жасайды* яғный «бир»,
«бирдей» деген мәни билдирип келеди. Мәселен, аўыллас - «аўылы
бир», «бир аўылда жасаўшы», кәситес - «кәсибк бир», «бир кәсипге
ислейтуғын».Қарақалпақ тили бойынша әдебиятларда -лас//-лес аффикси атлық
жасаўшы аффикслердиц катарында берилген. Ҳакыйқатында да,
-лас/7-лес аффикси жәрдеминде жасалған сөзлер аглықлар
есаплакады. Бирак, ҳәзирги каракалпак тили материалларыныц
көрсетиўинше, -лас//-лес аффиксиниц ўазыйпасы гек атльпс жасаў- ю-
менен шекленбейди. Бул аффикс келбетлик жасаў ўазыйпасына да
кие болды. Егер сөздиц тубири адамга тун, адам ушын характерли
нэрсени билдиретугын болса, ~лас//-лес аффикси бундай сөзге
жалганып, атлык жасайды. Мэселен. кэситес, тгшеклес, ауыллас,
сырлас, ўатанлас, заманлас, класслас, курслас. Егер бул аффикс
арқалы жасалган дөренди сөз предметтиц белгисин билдирип
келетугын болса, келбетлик болады: мәнияес сөз «бирдей мэнидеги
сөз», аўқажас республикалар «бир аўқамга киретугын
республикалар».-лас//-лес аффиксли айырым сөзлер рус тилинен аўдарма
процесинде жүзеге келген. Рус тилиндеги сөз атлык болса, каракалпак
тилиндеги аўдармасы да аглық болады, русша сөз келбеглик болса,
оньщ карақалпақша аўдармасы да келбетлик болады.-маУ-ме, -ба//-бе, -па/7-пе аффикси. Бул аффикс арқалы пайда
болган атлыклар белгили бир ҳәрекетке байланыслы атаманы
анлатып келеди. Ол атлык жасаўшы аффикс сыпатында да, келбетлик
жасаўшы. аффикс сыпатында да хэзирги қарақалпак тилинде өнимли
аффикс есапланады.-ма//-ме, -ба//-бе, -па//~пе аффиксиниц фейил тубирлерине
жалганыўы нэтийжесинде, төмендегидей мәнили атлықлар жасалган
ҳәм жаца сөзлер жасалып атыр.1) Аўқаттыц атлары жасалган: сүзбе, жылытпа, жарма, кеспе,
цатлама, демлеме, туўрама, царма, цуўырма.2) Ҳәр қыйлы жазба хүжжетлердиц атын билдиретугын
атлыкларды жасайды: шыгарма, көмирме, деретпе, жоллама,
көрсетпе, баятама, тапсырма, мшезлеме.3) Белгили бир уйым ямаса жэмийетлик шелкемииц атын
ацлататугын атльпслар жасалган: басцарма, бирлеспе.4) Аўырыўдыц атлары жасалган: ысытпа, ушпа, цышьта,
тутлыцпа, цалтыратпа, шощайма, бертпе.-11 -
5) Белгили бир орынды билдиретугын атлыкларды жасаган:
көргизбе, бөлме, бастырма, ьщтырма, агтанба, бурылма.6) Ис-ҳәрекеттин атын ақлататугын атлыкларды жасайды:
amoicna, буйырмпа, баслаиа, еслетпе, стыцпама, ацлатпа1) Буйым ҳәм курал атлары жасалган: түйме. дизбе, турме,
тартпа, илме, ширма, тоцыма.8) Ис-ҳэрекет нэтийжесинде жузеге келетугын нэрсени
ацлататугын атлыкларды жасайды: еритпе, цазылмаРус тилиндеги сезлерди калька жолы менен өзлестириўде -иа//
-ме, -ба//-бе, -па//-пе аффикси менен жасалган атлыклар пайда
болмақга, ягный өзлестириў процесинде бул аффикс жэрдеминде
атлык жасаў жолынан пайдаданылмакта. Мэселен, археологиялыц
цазылма дизбегиндеги цазылма сези -- раскопки сезинин калькасы.
Бул аффикс пенен жасалган илимий терминлер де уеыкдай жол менен
езлестирилген: тецлеме, цуйылма-гыш//-гиш, -цыш//-кши аффикс и Дзслепки ўакытларда бул
аффикс жүдә аз мугдарда сезлер жасаган: гшгаш, отыргыш, кескиш,
цысцыш, цыргыш ҳәм т.б. Кейинги жылларда илим, техника ҳәм басқа
да тараўлардьщ раўажланыўы нэтийжесинде -гыш//-гиш, -цыш//-киш
аффикси бел» или бир жумыеты ислеўде пайдаланатугын курал-эсбапVатларын жасаўшы аффикс сыпатында әдеўир активлести ҳәм ол
өнимли аффикске айналды: музлатцыш, өткизгиш, өлшегиш,
көрсеткиш, сызгыш, өширгиш, жылытцыш, соршш ҳәм г.б.-гыш//-гиш, -цыш//-киш аффикси белгини билдириўши сезлерди
(келбетликлерди) жасаў ушын да өнимли колланылады (20-бетти
қарацыз).-ыў//-иў,-ў аффикси. Бул аффикс дэслеп фейилдин атаўыш
фейил формасын жасаўшы аффикс болган.2 Ҳэзирги қарақалпак
эдебий тилинде ол өзинщ бул ўазыйпасын путкиллей езгерткен,2 Қараныз: Кутлымуратов Б. Ҳэзирги заман қарақалпақ тилинде хэрекет атлары.
Некие, «Қарақалпақстан», 1967; Дзўлетов М. Ҳэзирги карақалпақ тилинде фейилдиц
функциоиаль формаларыныц системасы. Некие, «Қарақашақстан», 1990,60 - 67-бетлер.-12-
гяғный -ыў//-щ-ў аффиксинщ жәрдеминде атаўыш фейил
формасыньщ жасалыўы эдебий норма есапланбайды. Ал. бул
форманыц соцғы ўақытларда фейиллерден атлық жасаў ўазыйпасы
бир канша күшейди: сакчаў, тергеў, еситтирщ, көрсетиў,
хабарландырыў>, ушырасыў, оцыў, сөйлесщ көбейтиў, бөлиў, цосыў,
ачыў ҳәм т.б.Рус тшгондеш абстракт атлыкларды калькалаў нэтийжесинде
-ыў//~иў, -ў аффикскниц атлық жасаў ўазыйпасы және де артты ҳәм ол
атлық жасаўшы өнимли аффикске айналды: нелеп гиы$арыў, суўтрыў
системасы, өлшеў әсбабы, сезгф органлары, оцыу китабы ҳэм т.б.-кер аффикси. Бул аффикс көбинесе белгали бир лаўазымды
ямаса бир иске уқыплылыкты билдиреди. Ол қарақалпақ тшгане
тәжикше сөзлердид курамында келип кирген: хызметкер, талапкер,
ҳитекер, себетер, шыпакер, палкер ҳәм т.б. Қарақалпақ тилиниц
сөзлеринен -кер аффикси менен жасалган атлықлар жоқ. Сол себе пли
бул аффиксти толык мәниде хэзирги каракалпак тичинде сез
жасаўшы өнимли аффикслердиц қатарына киргизиўге болмацды.Айырым өзлестирме сөзлердиц курамында -кер аффиксиниц -гер
варианты да ушырасады. Бирак, ҳәзирги каракалпак эдебий тилинде -
гер варианты жаца сөз жасаў ушын қолланылмайды. Мэселен,
саўдагер, даў>агер, зергер сыяқлы сөзлер қарақалпақ тилинде түбир
сөзлер болып есапланады. Себебқ бул сөзлер қарақалпақ тнлине таяр
ҳалыада келип кирген.Қарақалпак тили бойынша сабақлықларда. илимий эдебиятларда
-кер аффиксиниц ўазыйпасы жонинде хәр түрли пикирлер бар.
Айырым эдебиятларда ол атлык жасаўшы аффикс деп қаралса,3 ал-%Қыдырбаев А. Ҳәзирги каракалпак тилиндеги атлық сезлер. Некие, 1961, 53-бет;
Ҳэзирги карақалпақ тили. Морфология. Некие, «Қарақалпакстан». 1974.46-бет; Ҳэзирги
каракалпак тили. Морфолотя. Некие, «Қарақалпақстан», 1981,62-бет.- 13-
кейинги ўақытларда пайда болган жумысларда болса -кер аффикси
ҳәм атлык, ҳәм келбетлик жасаўшы аффикс деп берилген.1-кеш аффикси. Бул аффикс, тийкарынан, каракалпак тияине
тәжикше сөзлердиц курамында өткен: мийнеткеш,
жапакеш.ҳәзилкеш, жэнжелкеш, арбакеги. Кейин ала бул аффикс
қарақалпақ гилинщ өзинде де сөз жасайтуғын болды, яғный
каракалпак, тилиниц де сөз жасаўшы аффиксинс айналды: пахтакеш,
салыкеш, тшлекеш, насыбатеш ҳәм т.б. Бирак, каракалпак тилинде
-кеш аффикси менен жасалган атлықлар көп емес.-паз аффикси. Бул аффикс те көбинесе тэжикше сөзлердин
курамыцда келеди. Қарақалпак тилинде -паз аффикси жэрдеминде
жасалган тек жети-сегиз сөз гана бар. Ол қарақалпақ тилинде жаца
сөзлерди жасаў ушын онша қолланыла бермейди, ягный өнимсиз
аффикслердиц катарына киреди.-паз аффикси белгили бир қәсийетке ийелиликти ацлатады: ас паз,
илкмпаз, жагымпаз, масцарапаз, цагазпаз, түсимпаз.-хор аффикси. Бул аффикс тәжикше сөзлердиц курамында
белгили бир кэсийетке ийе адамды билдиреди: парахор, канхор,
арақхор, жалахор, нанхор, чайхор ҳәм т.б. Бул сөзлер каракалпак
тилине езбек тили аркалы келип кирген. -хор аффикси жэрдеминде
қарақалпақ тилиниц өзинде жасалган сөзлер жок.Қарақалпақ тили бойынша эдебиятларда -паз, -хор аффикслери
келбетлик жасаўшы аффикслердиц курамында да берилген.5 Бул
аффикслердиц жэрдеминде келбетликлер жасалмайды. Егер де -паз,
-хор аффикслери аркалы жасалган сөзлер келбетлик мэнисинде
қолланылатуғын болса, онда бул жағдацды конверсия нэтийжесинде4 Ҳэзирги қарақалпак эдебий тилинин грамматикасы. Сөз жасалыў ҳәм морфология.
Некие, «Билим», 1994. 30, 50-бетлер.5 Ҳәзирги карақалпақ тили. Морфология. Некие, «Қарақалпақстан», 1974. 64-бет;
Ҳәзирги каракалпак тили. Морфология. Некие, «Қаракалпақетан», 1981, 79-бет;
Қыдырбаев А. Қаракалпак тил илиминин гейпара мэеелелери. Некие, «Қаракачпақстан»,
1988, 27-бет; Ҳэзирги каракалпак эдебий тилиниц грамматикасы. Сөз жасалыў хэм
морфология, 49 - 50-бетлер.-14-
лексика-семантикалық усыл менен келбетликке өткен деп қараў
керек.-гөй аффикси. Бул аффикс адамныц белгили бир нэрсеге
бейимлилигин билдиреди: арзагөй, заманагөй, тамашагөй, ацылгөй,
ырасгөй. Қарақачпақ тилинде бул аффикс аркалы жасалған сөзлер
жүдә аз, ҳэзирги ўакытта жаца сөзлер жасаў ушын қолланылмайды,
яғный өнимсиз аффикске айналғаи.-хана аффикси. Бул аффикс (аффиксоид) белгили бир орынды
билдириўши атлыкларды жасайды. Ол дэслеп тэжикше сөзлердиц
курамында кирип келген, ягный каракалпак тилиниц өзинде жаца
созлер жасаў ушын қолланылмаган: кэрхана, асхана, дэргаана,
мийманхана, ҳәжетхана ҳәм т.б. Кейинги ўақытларда бул аффикс
каракалпак тилиниц созлерине де жалганып баслады: баспахана,
елшихана, цабыллаўхана, чайхана, тойхана, ауырыўшиа, цазанхана.
малхана ҳәм т.б. Қаракалпақ тилинде бул аффикс жэрдеминде
жасалган сөзлер көп емес. Бирақ, буган карап бул аффиксти енимсиз
аффикс деп болмайды, оныц жэрдеминде жаца атльгқлардыц жасалып
атырғанлыгын көриўге болады.-мама аффикс и. Бул аффикс «хат», «ҳүжжет» деген мэнини
билдиретугын нама сезинен пайда болган. Нами сези бурьш коспа
сөзлерди жасаў ушын да колланылган: Бабурнама, огызнама,
сәлемнама. Ҳэзирги ўақытта нама сези тилде сәз жасаўшы морфемага
айналды. 1980-жыллардан баслап карақалпақ тилинде -нама
аффиксоидыныц сөз жасаў мүмкиншилиги артып баслады: эдепнама,
мирэтнама, хабарнама, рухсатнама. сораунама, шэртнама,
кейиснама, маглыуматнама. Бирак. бул аффикстиц жэрдеми менен
жасалган жаца сөзлер коп емес.Бекбергенов А. Сонга дәўирлерде карақалпақ тили морфологиялық курылысы-ныц
раўажланыўы. Н Ҳэз1фги қарақалпақ тили раўамсланыўынын айырым мәселелери. Некие,
«Билим», 1993, 58-бет.-15-
-кер, -кеш, -паз, -хор, -хана, -нама элементлери - шет тиллерден
өзлестирилген элементлер. Сонлықтан ҳәзирги тилде олардыц
қолланылыў өриси бираз шекленген.Ҳәзирги карақшшак эдебий тилинде атлык жасаўшы -ыс/Аис
(цоныс, табыс, жыйналыс, көтерилис, урыс, жүрис, талас, жецис,
утыс, цурылыс, бурылыс, тартыс, агыс ҳәм т.б.), -ак//-ек, -ьщ7-ик,
-к//-к (орац, тарақ, қонақ, төсек, тырнац, казыц, елек, емизик, тилек,
отак, буйръщ, жагпац, бөртпк, күйик, тамызыц ҳәм т.б.,), -ыш//-иш
(цуўаныш, өтиниш, тилениш, өкиниш, жубаныш, таяныш, сүйениш,
күйиниш), -ым//-иму -м (сызим, кеширим, келисим, шеиаш, бгмим,
шыдам, сүргт, елим, журш, цысым ҳәм т.б.), -цы//-ки, -ш//-ги
(шанышцы, бэктерги, уйтцы, ашытцы, тети, сурги, кулки, эюонгы,
түртки ҳәм т.б.), -ът//-ин (егин, төгин, шыгын, түйин, жыиын ҳэм
т.б.^, -ынды//-ипди (экуўътды) сыяклы аффикслер бар. Бирақ, бул
аффикслер ҳәзирги тилде жаца сөзлер жасаў ушын колланылмайды,
олар сөз жасаў ўазыйиасын тоқтатып, өнимсиз аффикслерге айналған.
Усы ўақытка дейин бул аффикслер жэрдеминде қаядай атлықпар
жасалтан болса, тек солар ғана дөренди атлықлар ҳалында
қолланылады.Ҳәзирги қаракалпақ тилиниц сөзлик курамында -лақ ҳәм -стан
аффикслери арқалы жасалған атлыклар да бар. Бул аффикслер дерлик
өнимсиз аффикслерге айналған. Мэселен, -лақ аффикси предметтиц
белгили бир орында көп екенлигин билдиретугын сөзлерди жасаган:
кумлац, таслац, отлак Бундам сөзлердиц жасалыўына тийкар
болатуғын жаца сөзлер пайда болмай атырганлыгы себепли -лац
аффикси менен жаца сөзлердиц жасалыўы да жок. -стан аффикси
женинде де усы жағдайды айтыў мүмкин: Өзбекстан,
Қарақалпацстан, гулистан, қәбирстан. Егер бул аффикслер
жэрдеминде сөз жасаў ушын тийкар бола алатуғын жана сөзлер
жүзеге келсе, онда олардан усы аффикслер жэрдеми нэтийжесинде
жаца сөзлер жасалыўы ҳэм өнимли аффикслерге айналыўы мүмкин.-16-
Қарақалпақ тили бойынша айырым изертлеўлерде, сабақлықларда,
қарақалпақ тилиниц академиялык грамматикасында атлық жасаўшы
аффикслердиц катарында мынадай аффикслер де келтирилген:' -гек
(дицгек),-саў (эюемсаў, тамацсаў), -дсў (бслдеў), -ын (цулцын),-ўыл
(цараўыл, жасаўыл), -еке (бэсеке), -ек (бүйрек), -ац (тозац), -гай
(цудагай), -мак/Амек, -бак/А бек, чгак//-пек (оймац, өрмек, қақпщ,
цысшц, қагшақ, цуймац, батпақ, соцпақ, сырмац, көгипек, жумбақ,
ермек, салмац, илмек, ишшак. дизбек, аўдарыспаҳ), мыс, -миш
(турмыс, цылмыс, болмыс, өтмиш), -гак//-гек, -цак//-кек (ескек,
пискек, нлгек, безггк, тозгақ, толгақ, ырга1$,-й (жара, жыра), -е
(күйе), -қын (цашцын, жыщын), -нт (жент), -паш (жацылтпаш),
-гын (азгын), -анақ,-нақ (шыганац, шуцанац, тоганац), -мыц
(быламыҳ), -дақ (цуўырдац, торсылдац), -дск (кегирдек), -маш
(қуўырмаш), -ц (цозгалац, иргщ),-дьщ (цалдык), -лет (қыслет, шлет),
-ық (быжыц, шыжьщ), -мр//~ир (гүмбир, дүбир, гүбир, сыцгыр), -ац//
-ец, ~ыц (селтец, гүрбец, гырбац, жырбац, тырбац, жымыц). Бул
аффикслерди ҳәзирги ўақытта атлық жасаўшы аффикслер деп караўға
болмайды. Себеби, олар ўақытлар өтиўи менен өнимсиз аффикслерге
айналып, пүткиллей тубирдиц қурамына өтип кеткен. Сонлыкхан да,
жоқарыда көрсетилген сөзлер дөренди сөзлер есапланбайды.Келбетлик жасаўшы аффикслерКелбетлик жасаўшы аффикслер предметлердиц ҳәр кыйлы
белгилерин билдирип, оларға ҳәр тәреплеме сыпатлама бериў ушын
кецнен қолланьшады.Ҳэзирги қарақалпақ тилинде келбетлик жасаўшы аффикслер көп,
бирақ олардыц ҳәзирги тилде колланылыў дәрежеси бирдей емес.Қыдырбаев А. Ҳәзирги каракалпак тилиндеги атлық сөзлер, 54 - 57-бетлер; Ҳэзирги
карақалпақ тили. Морфология. Нөкис, 1974, 48 - 49-бетлер; Ҳэзирги қаракалпақ тили.
Морфология. Некие, 1981, 64-бет; Ҳэзирги каракалпак эдебий тилиниц грамматикасы.
Сөз жасалыў ҳэм морфология, 31 - 35-бетлер.-17-
Айырым аффикслер кец колланылып, жаца мэнидеги көплеген
келбетликлерди жасайды, ал гейпаралары болса сийрек ушырасады.-лы//-ли аффикси. Бул аффикс келбетлик жасаўшы ец бир
өнимли аффикслерден болып, ол, тийкарынан, атлык сөзлерден
келбетлик жасайды. Ҳәзирги каракалпак тилинде —.лы//-ли
аффиксиниц жэрдеминде төмендеги мэнили келбетликлер жасалады:1) Предметтиц ямаса кубылыстыц белги сыпатында бар екенин
билдиреди: таслы (жер), шацлы (жол), балалы (хаял), ордети
(кэрхана), царлы (таў). Бул типтеги келбетликлер жүдэ көп муғдарды
қу райды.2) Предметтиц нормадан артық (жоқары, күшли) дэрежеде екенин
билдиреди: геўдели, шырайчы, жаўырынлы, енпи, суўлы, царыўлы хзм
т.б.3) Қандай да бир нәрсеге «сазаўар, минасип, ылайык» деген
мэнилерди ацлатады: цымбатлы, ҳүриетли, дацқлы.4) Адамныц қандай да бир географиялык объектке тийисли
екенин билдиреди: каналы, нөкисли, таўлы, бозатаулы, москвалы,
ташкентли, цоцыратлы ҳәм т.б.5) Адамныц минез-кулқына байланыслы белгини билдиреди:
билнмли, эдети, инабатлы, эдачатлы, мэртебели, акыллы,
ҳүжданлы, тэртипли, айыплы, талантлы.6) Адамныц кеўлиндеги кайгы ямаса кууаныш белгилерин,
эмоционаллык сезимлерин билдиреди: цапалы, дэртли, сырлы,
эрманлы, хош кеуилли ҳәм т.б.~лы//-ли аффикси коспа сөзлерге жалғанып келип коспа келбетлик
те жасайды:а) ҳәр еки компонентке де жатғанады: үбирки-шүбирли, апалы-
сицлили, ацыллы-если, ерла-зайыплы, бойлы-сынлы, аталы-балапы,
ерати-царсылы ҳәм т.б. Бундай формадагы жуп созлер аффикссиз
жагдайда, ягный үбпр-шүбчр, ер-зайып, ерси-царсы болып
қолланылмайды.-18-
б) қоспа сөздиц бир компонентине жалғанып, идиомалық дизбек
мәнисиндеги келбетликлерди пайда етеди: аўыр ащлы, ҳац кеўшли,
арыслан бгтекли, ашъщ минезли, орта биты.Қурама терминлердиц биринши компонентине жалғанып, термин
жасайды: менишкли атлыц, дауыслы сес, унли даўыссыз, дизбекли
цоспа гэп.-сыз//-сиз а ф ф и к с и. Бул аффикс - ҳәзир^и каракалпак
•гилиндеги келбетлик жасаўшы өнимли аффикслердиқ бири. -сыз//-сиз
аффиксиниц келбетлик жасаўшы баска аффикслерден
айырмашылығы сонда, ол тек бир ғана мәни билдиреди, яғный ол
предметте кандай да бир белгиниц жок екенлигин билдиреди.-сыз//-сиз аффикси арқалы жасалған келбетликлердин мэниси
көпшилик жа!дайда -лы//ли аффикси аркалы жасалған
келбетликлердин мәнисине қарама-карсы болып келеди: қэўитш-
қәўилсиз, мазалы-мазасыз, енли-енсиз ҳәм т. б Балалы үй - базар,
баласыз үй - мазар. Бирак, ҳэр кандай сөзден бул аффикслер
жэрдеминде қарама-қарсы мэнили сөз жасала бермейди. Мэселен.
шексиз, қараўсыз, мәдарсыз, жүзсиз сөзлериниц -лы//-ли аффикси
менен жасалатуғын антонимлери жоқ.-сыз//~сиз аффикси мэниси жағынан жоц сөзине жүдэ жақьш.
Соньщ ушьш да -сыз//-сиз аффиксин жоц сөзи менен алмастырып
қолланыўға болады: баласыз - баласы жоц, үйсиз - үйи жоқ,
мийўесиз - мийуеси жоц ҳәм т. б. Бирақ. -сыз//-сиз аффикси
жэрдеминде жасалған келбетликлердин ҳәммеси де «жоқ» мәнисин
бере бермейди, яғный бундай келбетликлердеги -сыз//-сиз аффиксин
жоц сөзи менен алмастыра бериуге болмайды.-СЫЗ//-СКЗ аффикси арқалы төмендеги мәнили келбетликлер
жасалады:1) Адамныц минез-қулқына байланыслы белгини билдиреди:билимсиз, әдепсиз, әдалатсыз, акылсыз, ҳүждансыз, тәртипсиз,
уятсыз, тәрбиясыз ҳэм т. б-19-
2) Қандай да бир предметтиц жағдай яки мүмкиншиликке ийе
емеслигин ацлатады: ҳуқыцсыз, ичажсыз, уйцысыз, жуўапсыз, кугисиз
ҳәм т, б.3) Предметтиц нормадан кем дэрежеде екенлигин билдиреди:
цансыз, өнимсиз, енсиз, мийўесиз, сутсиз, майсыз.4) Қандай да бир предметтиц жок екенин билдиреди: баласыз,
адамсыз, суўсыз, куралсыз ҳәм т. б.-лык//-лик аффикси. Бул аффикс атлық жасаўда да, келбетлик
жасаўда да өнимпи қолланылады. Көпшилик жағдайда буларды бир-
биринен айырыў кыйын. Атлык ямаса келбетлик екенлиги олардыц
контексттеги мэнисине карай ажыратылады. Егер, -лык//-лик аффикси
аркалы жасалган доренди соз мэниси бойынша предметлик угымдагы
түсиникти билдирип, тартымланыў ҳэм селлениў қәсийетине ийе
болса, ол атлык болады жаслыгым ядьша түсти, жаслыцта нелер
болмайды. Егер, бул аффикс аркалы жасалган дөренди соз
предметтиц белгисин билдирип келсе, ол келбетлик болады: цалалъщ
китстхана, ауыллыц кецес, кпасслъщ гүрес, кварталлық жоба.дай//-дей, -тай//-тей аффикс и. Бул аффикс кобинесе
предметлердиц уқсаслыгьш салыстырып, тецеп көрсетиў ушын кец
қолланылады: цагаздаи, цустай, гүлдеи, тутдей, пилдей, жулдыздай,
билектей ҳәм т.б.-гыш//-ггт, -қыш//-киш аффикси. Бул аффикс фейил
тийкарларына жалганып, предметтиц белгили бир ҳәрекетке
уқыплылық, ийкемлик, жақынлык белгисин билдиретугын
келбетликлерди жасайды: ойлагыш, алдагыш, билгиш, кулгиш,
исенгиш, көргиш, жазгыш, еситкиш, сөйлегиги, тергиш ҳәм т. б.-ма//ме, -ба//-бе, -па//-пе аффикси. Бул аффикс аркалы ҳәзирги
қарақалпак тилинде атлық та, келбетлик те жасалады. Ол еки
ўазыйпасында да онимли аффикс есапланады. Егер ол арқалы
жасалган соз предметлик мэниде көбирек қолланылатуғын болса,
атлык болады: тапсырма, тартпа, цыспс. Ал предметтиц тек-20-
белгисин ғана ацлатса, онда келбетлик болады еспе (кум), жалланба
(мийнет), коспа (гэп). Егер де ол атлық мэнисинде деа келбетлик
мәнисинде де қоллакыла беретуғын болса, конверсия нэтийжесинде
лексика-семантикалык усыл менен бири бирине өткен деп қараў
керек.-ма//-ме аффиксиниц қатнасында кәи ғана курама терминлер
жасэлған ҳәм бундай процесс ҳәзирги ўакытта да даўам етин атыр.
Мэселен, коспа сез, цоспа гэп, царатпа агза, жасалма тил, аударма
сөзлик.Қарақалпақ тилиндеги -шыл//-шш, -гыр//-гир, -цыр//-кир, -вы!/-га,
-цы//-ки, -ац//-ек, -ц аффикслери ҳәзирги ўақытта жақа
келбетликлердин жасалыўында қатнаспайды. Олар жэрдеминде усы
ўақытқа дейин қандай келбетликлер жасалған болса. солар гана
дөренди келбетз/ик болып қалған.-шыл//-шил аффикси. Бул аффикс арқалы жасалған
келбетликлер адамныц белгили бир нәрсеге кумарлығын, жақын
тэбиялығын биддиреди: агайииштл, етиил, сынгиыл, цанаатшыл,
гуррицшил, өкпеишл, халықшыл, ущышыл, гәпшш, огшыл,
менменишл, өзиишил, ууайымшыл.-гыр//-гир, -цыр//-кпр аффикси. Бул аффикс фейил
тийкарларына жалғанып, белгили бир нэрсеге ямаса предметке
ийкемликти, уқыплылықты, жақынлықты билдиретуғын
келбетликлерди жасаган: өткир, тапцыр, сезгир, бипгир ҳәм т. б.Гейпара изертлеўшилердиц көрсеткениндей, -гыр//-гир аффикси
-гыш//-гиш аффикси менен синонимлес болып келеди: алгыр-алгыш,
сезгир-сезгиш, бшгир-бшгиш ҳэм т. б. Бирақ, олар ҳәмме ўақытга
бириниц орнына бири колланылыя, өз ара алмаса бермейди. Мысалы,
Директор деген сөзди бет перде қылып, котермелегенине қысьшып
Әжиниязсв өткир көзлерин қадады (Г. Есемуратова). Бул мысалдағы
өткир келбетлигин өткпш деп айтыўға болмайды.
-гы//-ги, -ЦЫ.//-Ш аффикси. Бул аффикс қатнаслык
келбетликлерди жасайды. Оныц жэрдеминде жасалган келбетликлер
төмендеги мэнилерди билдиреди.1) Уакытлык мэнини бипдиретугын созлерге жалганып, белгили
бир мезгилге, мәўсимге ямаса улыўма ўлқыгқа байланыслы
белгилерди ацлатады. азангы, жазгы, цысцы, бәҳэрги, кешхи, кешеги,
быйылгы, гүзги, туски, күндизги, тацгы, ертецги, бүгинги, ҳэзирги.2) Предметтиц белгили бир орынга байланыслы белгисин
билдиреди: сыртцы, ушки. Орынлык белгини билдиргенде -гы//-ги,
-цы//-ки аффикси кебинесе орын сеплигиндеги сезлерге жалганады:
Шымбайдагы. жайлаўдагы, үйдегн, ауылда&ы, даладагы, атыздагы,
класстагы. Бул сөзлердин қурамындағы -да/Аде ҳәм -гы//-ги
аффикслерин ©з алдына бөлек-бөлек аффикс деп есанлауга болмайды.
Екеўи биргеликте предмет ямаса қубылыстыц орын ҳәм ўакытқа
қатнасын билдириў ушын хызмет атқарады ҳәм бир путин бирлик
сыпатында каралады.-гы//-ги, -цы//-ки аффиксиниц жэрдеминде ҳәзирги ўақытта жаца
келбетликлер жасалып атырган жоқ. Себеби, бул аффикстиц
жэрдеминде жаца сез жасаў ушын тийкар болатугын жаца бирликлер
(лексемалар) пайда болып атырган жок (ягный конкрет ўакыт ямаса
орынды билдириўши жаца созлер жоқ). Сонлықтан, бул аффиксти
онимсиз аффикс деп есаплаўга болады.-ый//-ий аффикси. Бул аффикс каракалпак тилинде бәрҳа
дерлик арабша сезлердиц курамында келеди: эдебий, мэдений,
тарийхый, руўхый, сиясий, китабый, тәбтыый, эмелий ҳәм т.б.
Бундай озлестирме келбетликлердиц айырымларыныц -ый//-ий
аффиксинен калган болеги каракалпак тилинде өз алдына
қолланылады: тарпга-ый, руух-ый, китаб-ый, инсан-ый, әмел-iiii ҳәм
т. б. Соныц тэсиринде бул созлерди каракалпак тилиниц озинде
жасалган созлер (қарақалпақ тилиниц доренди созлери) ет1ш
корсетеди. Негизинде бундай емес, тарийхый, руухый, китабый.-22-
инсаныи, әмелии сөзлери - қарақалпак тилине усы турыс ында
өзлестирилген создер. Айырым келбетликлердин -ът//-ий
аффиксинен қалған болеш қарақалпақ тилинде қолланылмайды.
Мэселен. мэдений тэбийий, эбебий, сиясий сөзлери мэдек-ий, тэбий-
ий, эдеб-ий, сгтс-ии болып боле клер] е белинбейди. Синлықгаа бул
соатер карақалпақ тилинде доренди сөзлер есапланбайды.-дар аффикси. Бул аффикс адам ямаса предметтин белгили
бир нэрсеге ийелигин, онда сондай нэрсе бар екенлигин билдиреди
-дар аффикси де эдетте тәжикше созлердин, курамында келеди:
айыпдар, эмелдар, опадар, лшниетдар, хабардар, царыздар, жарадар,
пгәрепдар ҳәм т. б. Қарақалпак тилиниа сьзлеринен -дар аффикси
жэрдеми менен жасалған сөзлер ушыраспайды. Буньщ себеби;
тилимизде -дар аффиксине мәнилес ҳэм уазыйпасы бир болган -лы//
-ли аффиксинин енимли қолланылыўы.Қарақалпақ тилинде курамында большсызлык мэни бериўши
бий-, на- элеменглери бар болтан тэжикше сезлер де ушырасады.
Мэселен. надурыс, бинмэлим, биймезгш, нщац, бийпул, нагтаж,
нақолац бийжуўак намәлим ҳәм т.б. Бир катар изертлеўшилер
тәрепинен бул элементлер сөз жасаўшы префикслер деп көрсетилген. °
Қарақалпақ тилиниц сәзлеринен бий-, на- аффикслери жэрдеминде
жасалган сөзлер жок, сонлыктан бул элеменглерди аффикс деп
қараўға болмайды. Себеби, олар тек озлестирме созлердин курамында
гана қолланылады. Ҳәттекқ айырым созлерде олар түбир менен
биригип сицисип кеткен: бийшара, иадан ҳэм т.б.9 Қарақалпақ
тилине бул сөзлер таяр ҳалыкда өзлестирилген, соклықган бундай
сөзлер каракалпақ тилинин дөренди сөзлери есапланбайды.8 Ҳэзирги қарақалпақ тили. Морфология. Некие, 1974, 64-бет; Ҳәзирги каракалпак
гили. Морфология. Некие, 1981, 78-бет; Ҳәзирги қаракалпақ әдебий тилинин грамма-
тикасы. Сөз жасалыу хәм морфология, 50-бет.9Ҳэзирги қарақалпақ эдебий тилиниц грамматикасы. Сөз жае&чыу хәм морфология,9-бет.-23-
Қарақалпақ тили лексикасынъщ раўажланыуында рус тилиниц
тиккелей тэсири нэтийжесинде жүз берген бир әҳмийетли кубылысты
айырып көрсетип өтиў керек болады. Ол да болса. рус тилиндеги
базыбир аффикслер жэрдеминде жасалган келбетликлерди
өзлестириўде бурын болмаған арнаўлы модельлердиц пайда болыўы.
Мэселен, рус тилинде -ск(ий), -ческ(ий) суффикслери аркалы
жасалган лирический, акустический, кандидатский, экономический
түриндеги келбетликлер каракалпак тилинде -лыц//~лик аффикси
аркалы ацлагылады: лирикальщ,, акустикапыц, кандидатчъщ
экономикстъщ ҳэм т.б. Рус тилинде -н суффикси жэрдеминде
жасалган келбетликлер каракалпак тилинде бул суффикс түсирилген
формада озлестириледи: субъекттный-субъектив, абстрактный-
абстракт, объективный - объектив, актуальный - актушь,
митшалъный-минимиль, стандартный стандарт ҳәм т.а Бул жаца
модельлер тийкарында рус тилинен созлер өзлестириў даўам етип
атыр ҳэм бул түрдеги сөзлердиц муғдары да аргып, каракалпак
тилинин лексикасы солардыц есабынан байып бармакта.Ҳэзирги каракалпак эдебий тилинде жоқарыда көркп өтилген
келбетлик жасаўшы аффикслерден баска, жэне бир катар аффикслер
де бар. Олар келбетлик жасаў хызметин пүткиллей ямаса дерлик
тоқтаткан. Бундай аффикслердиц катарына -шак//~шек (мақтаншақ,
цызганшакр умыгтаац, кеугтгиек, тартыншац, уялшак, ериншек,
ашыушац), -цак//~кек (жабысцац, урысцақ, тырыскақ, татац,
тоцгац. бүрискек), -шацАшец (талатиац, исшец, гүресшец,
тәсиршец, ҳәрекетшец), -аўык/7~еўик (бақырсгўыц, сүзеўик, тебеўик)
аффикслерин киргизиўге болацы.-24-
Фейил жасаўшы аффикслерҚарақалпак тклиндеги фейил сөзлердиц белгили бир бөлеги
аффикслер жэрдеми менен жасалган. Ҳәзирги қарақалпак тилинде
фейил жасаўшы аффикигтердиц ишикде эсиресе -ла/7-ле, сондай-ақ
-лан//-лен, -лас//-лес, -ландыр//-лендир, -ластыр//-лестир аффикслери
онимли аффикслер сыпатында кен колланылады. Фейил жасаушы
басқа аффикслер болса өзинин сөз жасаў ўазыйпасығ тоқтаткан,
өнимсиз аффикслерге айналған.-ла//-ле аффикси. Бул аффикс фейил жасаўшы аффикслердиц
ишиндеги ей көп қолланылатуғын аффикслерден есагшанады. Ол ерте
дәўирлерде де фейил жасаўшы өнимли аффикс болган.-па//-ле аффикси фейилден баска барлық соз шақапларына
жалганьш, фейил соз жасайды.1. Атлықлардан -ла//-ле аффикси темендеги мэнили фейиллерди
жасайды:а) Қурал-әсбап атларынан ҳәрекет мэнисин ачлататугын жаца
мэнили фейил жасайды: пышцыла, тырмала, камшыла, пышакла,
кетпенле, ирцанла, цулыпла, баятала ҳәм т. б. Бул аффикстиц курал-
эсбап атларынан фейил сезлерди жасаўы қарақалнак тилинде
тийкаргы ўазыйналарынан есапланады. Бирақ. -ла//-ле аффикси ҳәр
қандай қурал-эсбап атларынан фейил жасай бермейди. -ла/Але
аффикси жэрдеминде курал-эсбап атларынан жасалган фейиллер
билдиретугын мэнилериниц оз^ешелиги ҳэм оньщ кандай созлерден
фейил жасаўы ямаса жасай алмаўы, биринши гезекте, курал-
эсбаплардыц орьшлайтугын ўазыйпасы менен белгиленеди. Мэселен,
пышац созине -ла аффикси косы л ып. фейил жасалганда кесиў,
қыркыў арқачы орынланатугын ҳәрекетти билдирмейди, ал ол пышак
ҳэм соган жақын қурал менен «жарақатлаў» мэнисин билдиреди.
Мэселен, пышацла фейили «пьииақ пенен урып жаралаў ямаса
өлтириў» мэнисин ащгатады-25-
Ўазыйпалары бир қыйлы болған курал-әсбапларды билдириўши
сөзлерден, әдегте, -ла//-ле аффикси жэрдеминде фейил жасалмайды.
Мэселен, мылтық, пистолет, пулемет, пушка - атыў кураллары,
сондай-ақ, ручка, кэлем, пор - жазыў қураллары. Қурал-эсбапты
бидциретуғын бундай сөзлерден -ла/А-ле аффикси арқалы фейил
жасаўға мүмкиншилик бермейди. Себеби, каракалпак тилинде атыу
фейили болғанлыктан, мылтыцпа, пистолетле. пулемётле, пушкала
сыяқлы созлердин пайда болыўына зәрүрлик болмайды. Атыў
ҳэрекетинин кандай қурал менен орынланғанлығы сол курал-әсбапты
билдиретуғын сөздин курамында анык көринеди: мылтык пенен
атыў.Демек, қурал-әсбапты билдириўши сезлерден -ла//-ле аффикси
менен фейил жасаў мүмкин ямаса мүмкин емеслиги курал-әсбап
орынлайтуғын ҳәрекеттиц өзгешелигине байланыслы болады.э) Ис-ҳәрекеттин ислениўине объект болатуғын предметлердин
атын билдиретуғын атлық сөзлерден фейил саз жасайды: майла
желимле, асфалътла, дузла, сабынла ҳәм т. б. Бул фейиллердин
ҳәммесинде -ла//-ле аффикси бир қыйлы мэниде колланылғанын
сезиў кыйын емес. Мэселен, дузла фейили «дуз себелеп қойыў»,
сабынла фейили «сабын сүртиў» мэнисин ацлатады.б) Адамныц дене мүшелерин билдиретуғын атлық сөзлерге
жалғанып, сонын жэрдеминде ислеяетуғын ис-ҳэрекетти ацлатады:
цолтыцла, цушацпа, арцала, жамбисла, тисле, дизеле, мушла ҳэм т, б.
Бул типтеги фейиллер көп емес.в) Гейпара атлық сөзлерге жалғанып, бир нэрсенид өнип-өсиўи,
көбейиу мэнисин билдиретуғын фейил созлерди дөретеди: балалаў,
бүртиклеў, жопырацпаў, гумшалаў, күшиклеў. бузаўлсгў, гүллеў,
түйнеклеў, мийўелеў ҳэм т.б. Ҳэзирги қарақалпақ тилинде -ла//-ле
аффикси бул типтеги жана фейиллерди жасамайды, яғный бул
ўазыйпаны дерлик тоқгатқан.-26-
г) «Предметтиц ис-ҳәрекетти ислеў, орынлаў, жүзеге келтириў»
мэнисиндеги фейиллер жасайди: жазала, есата, дуўала, жәбирле,
жуўмацла, масцарала, тәрбшта ҳәм т, б. Ҳәзирги қарақалпақ
тилинде -ла//~ле аффиксиниц бундай типтеги фейиллерди жасаўы бир
қанша өнимли болып, ол интернационал сезлерден де усыйдаи
фейиллер жасай алады: судла, синтезле, анализле, калъкала,
чеканкала, ходла, кулътивацияла, ремонпта, утюые ҳэм т. б.д) Мэкан, орын, кецислик, сондай-ақ предметтиц жайласыў
орнын, тәрепин билдириўши сөзлерден -ла//-ле аффикси адам ямаса
предметтиц ҳәрекетин билдиретугын фейиллер жасайды: бэлеитле,
арала, базарла, цатпалла, эюагала, изле ҳәм т.б.е) «Ө^хжиеў» мэнисиндеги атлык сезлерге жалғанып, өлшеў
ҳэрекети мэнисиндеги фейиллерди жасайды: метрле, граммла,
килола, шелекле, адыжш, цулашла, царысла ҳэм т б.ж) Меншикли ачларға ҳәм гейпара т}7ысқанлык терминлерге
жалғанып, оларды шакырыў, излеў ҳәрекетин билдиреди: апала,
агала, мамста.. Мысал: -Анна кайда? - деп Анчалап еки-үш мэртебе
бақырған еди, оган жууап берсгугын жақын жерде Анна болмады
(А.Бегимов).2. Келбетликлерден -ла//-ле аффикси жэрдеминде жасалган
фейиллер сол келбетлик тэрепинен билдирилген белгиниц ҳэрекет
аркалы иске асыўын ацлатады: жаманла, тазала, цымбатла, тггисле,
жацсыла, майдала, аҳла ҳәм т.б.3. -ла//-ле аффикси тек санақ ҳәм жыйнаклаў санлықларына
жалганып. фейил жасай алады: бирле, үшле, бесле, биреўле, екеўле,
ушеўле.Ҳәзирги каракалпак тилиндеги бирле, унте фейиллери пахта ҳәм
т.б. егинлердиц «нэлин сийреклетиў, сийреклеп жулыў» мэнисин
ацлатады. Ал екеўле, үшеўле фейиллери «еки ямаса үти адам
тэрепинен бирликте исленген ис-ҳәрекетти» ацлатады.-27-
4. -ла/Але аффикси ўақыт, орын, сын ҳәм муғдар-дэреже
рәўишлериниц айырым формаларына жалганып, фейил созлер
жасайды.а) «орын, мэкан, аралык» мэнисин ацлатыўшы рэўиш сезлерге
-ла//-ле аффжси жалганып, орыига байланыслы ҳэреке'гти
билдириўши фейиллерди жасайды. Мэселен, гмгериле фейили «алға
қарап жүриўди», жақьипа фейили «кандай да бир предметтиц бири-
бирине жақыи келиўин», шикерыче фейили «ишкс кириў, үйге кяриў»
мәнисиндеги ис-ҳэрекетти, алысяа фейили «бир предметтиц екинши
предметтен узаклап кетиўин» билдиреди.э) -ла//-ле аффикси гейпара сын рэўишлерине де жалганып, сол
сынга байланыслы ҳәрекетти көрсетеди: naceipie, теше, жылдамла
ҳэм т.б.б) -ла//-ле аффикси -шаЛ'-ше аффикси жэрдеминде жасалган
рэўишлерге жалганып, кандай да бир тилде сөйлеў ҳэрекетин
билдиреди: русшача, царщачпациита, езбекшеле ҳэм т.б.5. Тацлак созтерге -ла//-ле аффикси жалғаныуы арқалы «адамкыгц
ишки эмоциошллық сезимлерине байланыслы ис-ҳәрекет» мэнисин
ацлататугын фейил сөзлер жасалады. Мэселен, бай-байта, ўай-ўаша
ҳәм т.б. -ла//-ле аффикси кэлеген тацлақ сезлерге жалганып, фейил
соз жасай бермейди. Мэселен, щла, үҳле болып айгылады, ал паҳла,
оҳла болып айгылмайды.6. -ла//-ле аффикси еликлеўиш сөзлерге де онимли жалганып,
фейил жасайды: тацырла, жачтацпа, губирле, Оусирле, тасырла,
гумбирле, жыбырла, сатырла ҳәм т.б.7. Бар, жоц сезлерине -ла аффжси жалганып, бул созтердиц
мэнисинен бир қапша басқа мэнидеги фейиллер жасалады. Барла
фейили «бир ис-ҳәрекетти, ҳал-жагдайды, аўҳалды, ҳэдийсени билиў,
абайлаў, сезиў, байкаў, сынаў, кадагалаў» мэнилерин билдиреди.
Жоцла сози «бир нәрсени жойтыў, излеў» мэнисинде аўызеки сөйлеў-28-
тилинде кобирек колланылады. Жоцла #Ьзи «олини айтуп жылаўды»
да билдиреди.-пан//-лен аффикси. Бул аффикс - фейил жасаўшы -ла//-ле ҳәм
фейилдиц дәреже формасын жасаўшы -н аффикслеринен куралган
қоспа аффикс-лан//-лен аффикси атлык, келбетлик ҳәм айырым санлық созлерге
жалғанып, фейил жасайды.а) атлықларға жалғанады: ашыўлан, рәҳәтлен, канаатлан,
үмитлен, эдетлен, гуматан, аўқатлан, тәгиўишлен хәм т.б. Бул
типтеги фейиллер көп емес. Бундай ҳәрекетлердиц билдирилиўинде
-лан//-лен аффиксинен тысқары цыл-, бол-, ет- гамекши фейиллери
де бир қанша өнимли колланылады. Салыстырьщ: үмитлениў - үмит
етиў, гүманланыў - гүман етиў.ә) келбетликлерге жалганады: сурланыў, сергеклениў,
жачцаўланыў, көгислениў, шыйрацланыў ҳэм i .6.б) санлыклардан тек еки сөзине —лен аффикси жалгапып, фейил
соз жасайды: екиленнў.Егер де -лан//-лен аффиксин -ла//-ле ҳәм -н элементлерине
ажыратыўга болмаса, окда -лан//-лен формасы пүтин бир соз
жасаўшы аффикс болады: аўцат-лан, пайда-лан, ядет-лен, тыныш-
лан ҳәм т.б. Егер -лан//~лен аффиксин -лщ/-ле ҳэм -к деп ажыратыўға
болса, бул жагдайда -ла//-ле - фейил жасаўшы аффикс, ал -н аффикси
фейилдиц озлик дэреже корсеткиши болып есапланады: таяр-ла-н,
ой-ла-н, бас-ла-н ҳәм т.б.-лас//-лес аффикси. Бул аффикс - фейил жасаўшы -ла//-ле ҳәм
фейилдиц шериклик дэреже формасын жасаўшы -с аффикслериниц
биригиўинен пайда болган қоспа аффикс. -лас//-лес аффикси,
тийкарынан, атлық ҳэм келбетликлерден фейил жасайды: сәлемлгсиў,
аманласыў, саўдаласыў, көмеклесиў, жәрдемлесиў, сэўбетлесиў,
досласыў, ўәделесиў, ақылласыў, хошласыў, ҳәзиллесиў,
мәсләҳәтлесиў, кескинлесиў, тиллесиў, мттийлесиў. Бул сөзлердеги-29-
-лас//-лес аффиксин еки элементке (-ла//-ле ҳәм -с) ажыратыуга
болмайды. Сонлықтан оны сез жасаўшы пүтин бир аффикс деп
қараймыз.-лас//-лес аффикси гейпара дөренди фейиллерде ~ла //-ле ҳәм -с
болып ажыралып, ондағы -с элемента фейилдиц шериклик
дәрежесин ацлатады хэм бир неше адам тэрепинен исленген
ҳәрекетти көрсетеди: сөйле-с, хабарла-с ҳәм т.б.-лат//-лет аффикс и. Бул аффикс фейил жасаўшы -ла//-ле ҳәм
фейилдиц өзгелик дэреже формасын жасаўшы -т аффикслеринен
қурачган. -лат//-лет аффикси жэрдеминде кем муғдардағы фейиллер
жасалган, ягный жаца созлер жок. Ҳәзирги карақалнак тилинде тек
бурын жасалган бес-алгы гана фейил бар.-лат//-лет аффикси де доренди фейил курамында еки элементке
{-ла// -ле ҳәм -т болып) ажырагьшмамтугын болса, ол ўақытга бул
аффикс соз жасаўшы путин бир аффикс болып есапланады: түн-лет,
кеш-лет ҳәм т.б. Егер де -лат//-лет аффикси доренди фейил
курахмында -ла //-ле ҳәм -т болып ажыратылса, бул жагдайда ондагы
-т элементи фейилдиц өзгелик дэрежесин ацлатады: сыцыр-ла-т,
пытыр-ла-т ҳәм т.б.-ландыр//-лендир аффикси. Бул аффикс фейил жасаўшы
-лан//-лен коспа аффикси ҳәм фейилдиц езгелик дэреже формасын
жасаўшы -дыр//-дир аффиксиниц биригиўинен пайда болган.
-ландыр//-лендир аффикси жэрдеминде жасалган фейиллердиц
копшилиги - рус тилиниц тэсиринде. рус тилинен аўдарма
нэтийжесинде жузеге келген фейиллер. Бундай созлер, тийкарынан,
илим, техника ҳәм баска тараўларга байланыслы ис-ҳэрекетлерди
билдиреди: билимлендириў, қамсызландырыў ҳэм т.б.-ластыр//-лестир аффикси. Бул аффикс фейил жасаўшы
-лас//-лес қоспа аффикси менен фейилдиц озгелик дэреже формасын
жасаўшы -тыр//-тир аффиксиниц биригиуинен жузеге келген.Қарақалпақ тили фактлеринин корсетиўинше, -ластыр//-лестир
аффиксиниц пайда болыуы рус тилиниц тиккелей тэсири нэтийжеси
болып, оныц жэрдеминде фейил жасалыўыныц артыуы илим, техника
ҳэм басқа тараўлардыц кец раўажланыўы менен байланыслы.-ластыр//-лестир аффикси жэрдсми менен жасалган фейиллердиц
дерлик ҳзммеси - рус тилиндеги -оватъ, -изовать.. -ироватъ.
-изироватъ суффикслери аркалы жасалган айырым фейиллерди
калькалаў жолы менен өзлестириў нэтийжесинде пайда болган
фейиллер: сахналастырыў, ҳулсжетлестириў, цзнигелестирилген,
газлестириў, жобаластырыў, нызашастырыў, латынластырышан,
саламстластырыў ҳэм т.б.-лаидыр//-лендир ҳәм -ластыр/Алестир аффикслери - ҳәзирги
қарақалпақ эдебий тилиниц сощ’ы дәўирлерде раўажлаыыўы
процесинде пайда болган жаца аффикслер.Ҳәзирги қарақал лақ эдебий тилинде жоқарыда көрсетилген
аффикслерден басқа фейил жасаўшы бир катар аффикслер де бар.
Бирак, олар ҳәзирги ўақытта өзиниц сез жасаў ўазыйпасын тоқтаткан,
жаца фейиллерди жасаў ушын қолланылмайды. Олар мыналар: -ай//
-ей (царайыў, цартайыў, азайыў, кецейиў, кушейщ көбейиў,
тарайыў, пәсейиў, кеметф), -ар/Аер (көгериў, агарыў, ескириў,
цысцарыў, гөнериў, жацарыў), ~тр//-гер, -қар//-кер (суўгарыў
басцарыў, ацгарыў), -а,-е (сана, түне, ота, ата, жаса, кана, өрте),
-ылда/Лилде (гаркылда, ишцкилде). Бул аффикслердиц жәрдеми
менен бурын қандай фейиллер жасалган болса, тилде ҳәзир тек сол
фейиллер гана колланылады.Рәўиш жасаўшы аффикслерҚарақалпақ тилиндеги рәўиш жасаўшы аффикслер мектеп
сабақлықларында, Н.А. Баскаковтыц «Каракалпакский язык»
(М., 1952) атлы мийнетинде, университет студентлерине арналган
сабақлықларда,10 каракалпак тилиниц академиялық
грамматикасында'1 ҳәм Ж.Ешбаевтыц «Қарақалпақ тилинде рәўиш»
(Нөкис, 1976) атлы монографиясьшда сөз етилген. Бирак, бул
мийнетлерде рәўиш жасаўшы аффикслер, олардъщ саны, мәнилери
ҳэм хызметлери ҳәр қыйпы дәрежеде анализленген. Мәселен,
Н.А.Баскаковтьщ мийнетлеринде тек ғана -ынша//-инше аффикси
берилген.12 Ж.Ешбаев рәўиш жасаўшы аффикслердиц тоғыз түрине
тоқтаған. Олар мыналар: -ша//-ше, -лай//-лей, -лет// леп, -да//-де, -та//
-те (орын сенлиги жалғаўы), -дан//-ден, -тан//-тен, -нап//-нен (шығыс
сеплиги жалгаўы), -цары//-кери, -гары//-гери (барыс сенлигиниц ески
жалғаўы), -шылап//-штеп, -ын//-ин, -н (ески қурал сеплиги жалғаўы),
-а.13 Ал университет студетлери ушын ясазылған «Ҳәзирги
қарақалпақ тили. Морфологиям (Нокис, 1981, 205 - 206-бетлер)
сабақлығында рәўиш жасаўшы мынадай аффикслер келтирилген:
-ша//-ше, -ларша//-лерше, -лай//-лей, -дай/.7-дей, -ганша//-генше,-ынша// -инше, -сынша//-синше, -лап//-леп, -шама, -гаалыц// -шелик,
~шац//-гиец, -сына//-сине, -ыиа//-иле, -лайынша, -дейинше. Бирак, бул
мийнетлерде берилген аффикслердиц барлығын да. рәўиш жасаўшы
аффикслер деи қараўга болмайды. Себеби, олардыц курамында
айырым сеплик жалғаўлары да, басқа сөз шақапларын жасаўшы
аффикслер де { дай//-дей аффикси) ушырасады. Сонлыктан да,
ҳэзирги карақалпақ тилиидеги рәўишлердиц аффикслер менен
жасалыўын соз еткенде, дәслеп олардыц қурамын аныкяап алыў
керек болады.Ж.Ешбаев өзиниц «Қаракалпақ тилинде рәўиш» аглы мийне гинде
сеплик ҳәм ҳал фейил формаларын соз жасаўшы (яғный рэўиш10 Ҳэзирги карақалпақ тили. Морфология. Некие, 1974, 223 - 226-бетлер; Ҳәзирги
қарақалпақ тили. Морфология. Некие, 1981,205 -206-бетлер.11 Ҳәзирги қаракалпақ эдебий тилиниц грамматикасы. Сез жасалыў \әм морфология,
87 - 89-бетлер.12 Баскаков Н.А. Каракалпакский язык. II. Фонетика и морфология. Часть первая
(части речи и словообразование). М., 1952, 221-бет.13 Ешбаев Ж. Каракалпак тилинде рэўиш. Некие. «Қаракалпақстан», 1976, 26 — 38-
бетлер.-32-
жасаўшы) аффикслердиц катарына киргизген. Теориялық жактан
Ж.Ешбаевтын бул пикири менен келисиўге болмайды. Себеби, сеплик
ҳәм ҳал фейил формалары ҳеш уақы гта да жаца сөз жасай алмайды.
Сеплик ҳәм ҳал фейил формаларыныц каракалпак тилинде рәуишлик
мәниде қолланылыўын лексика-семантикачық усыл деп қараў керек
(Ж.Ешбаев бул формалардан қәлиплескен рәўишлерди
морфологияльщ усыл, ягный аффиксация усылы менен жасалыўы деп
қараган).«Ҳәзирги каракалпак эдебий тилиниц грамматикасында» (Некие,
1994, 92 - 93-бетлер) Ж.Ешбаев езиниц бурынгы пикирин езгертип,
морфологияльщ усыл дегенди лгксика-семаитикачъщ усыл деп дурыс
керсеткен.Ҳәзирги каракалпак эдебий тилинде рәўиш жасаўшы аффикслер
кеп емес. Сондай-ақ, олардыц жэрдеми менен жасалган рәўишлердиц
саны да аз. Ҳәзирги қарақалпақ тилинде рэўиш жасаўшы өнимли
аффикслер деп, -ша//-ше, -лай//-лей, -лап//-леп, -ларша//-лерше
аффикслерин көрсетиў мүмкин.-ша//-ше аффикси. Бул аффикс аркалы жасалган рәўишлер
ҳәзирги қарақалпақ тилинде ис-ҳәрекеттиц ўақытлык, сынлық,
күшейтиў белгилерин салысгырмалы түрде билдиреди: ўақытша,
аўьгзша, қарацалпацша, ҳәзирше, басцаиш, ўацтытиа, керисашие,
изинше, көзицше, ойымша, керегшше ҳәм т.б. Курамында -ша//-ше
аффикси болган созлер кеп емес.-лай//-лей аффикси. Бул аффикс фейил жасаўшы -ла//-ле
аффикси менен ҳал фейилдиц -й формасыныц биригиўинен пайда
болган. Ҳәзирги каракалпак тилинде -лай/7-лей аффикси атлык ҳәм
келбетликлерге жалганып, рәўиш жасайды: ацшалай, ыссылай,
цурылай, жаслай, тирилей, шгткилей, бослай, цургақяай, көклей ҳәм
т.б.-лап/7-леп аффикси. Бул аффикс фейил жасаўшы -ла/7-ле
аффикси ҳәм ҳал фейилдиц -п формасыныц биригиўинен пайда-33-
болған. Бул аффикс ўақыт ҳэм муғдар-дәреже бирлигағ
билдиретугын сөзлерден рэўиш жасайды: айлап, азлап, ҳәптелеп,
жыллап. Бундай рзўишлер жүдэ аз.-ларша//-лерше аффикси. Бул аффикс көплик мэни
билдириўши -лар //-лер аффикси менен рәўиш жасаўшы -ша//-ше
аффиксинин биригиўи нэтийжесинде пайда болған. Бул аффиксти,
тийкарынан, рус тилиндеги келбетлик ҳәм рәўишлерди калька жолы
менен өзлестириў процесинде қәлиплести ҳәм рәўиш жасаўшы
аффикске айналды деп айтса болады. -парша//-лерше аффикси
арқалы жасалган рэўишлер салыстырыўды, уқсаслыкты билдирип
келеди: досларша, мәртлерше, цаҳарманларша, балаларша,
жигитлерше, миллионларша.Улыўма алғанда, ҳәзирги қарақалпақ эдебий тилинде аффиксация
усылы менен жасалған рәўишлердиц муғдары көп емес.-34-
МазмуныАлғы сөз 3Атлықжасаўшы аффикслер 5Келбетлик жасаўшы аффикслер 17Фейил жасаўшы аффикслер 25Рәўиш жасаўшы аффикслер 31-35-
Қуралбай Пахратдинов
Инжайым СейтназароваҚарақалпақ тилиндеги
сөз жасаўшы аффикслерҚарақалпақтилинде
«Қарақалпақстан» баспасы
Нөкис -2010Редактор - М.ҚутлыМуратов
Тех редактор - А.ДавлетмуратовТериўге берилген ўақты - 21 05.2010. Бась-ўға рухсат
етилген ўақты - 10.06.2010. Қағаз форматы - 60x84 л6.
Гарнитурасы - «Таймс». Көлеми - 2 5 б/т Жәми - 400 нусқадг
Баҳасы шәртнама бойынша.«Қарақалпақстан» баспасы
230100, Некие қаласы, Қарақалпақстан кешеси, 9.«Фарма Принт Нукус» ЖШЖ типографиясында басылды Буйыртпа N° К-04
Мәнзили Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 18-жай-36-